ТАҢЛАЎ ШӘРТЛЕРИ
- Номинация шеңберинде "ең жақсы инновациялық идея авторына", "ең жақсы илимий жойбар орынлаўшысына", "ең жақсы халықаралық жойбар орынлаўшысына" ҳәм "ең жақсы Стартап жойбар басламашысына" сертификатлары шөлкемлестирилген;
- Аралбойы аймағында инновациялық идея ҳәм технологияларды раўажландырыў ҳәмде оларды әмелиятқа енгизиўге мүнәсип үлес қосқан илимпазлар, жас изертлеўшилер, баслама көтериўшең исбилерменлик субъектлери, жергиликли ҳәм халықаралық жойбарлар атқарыўшылары сертификат пенен сыйлықланады.
- Өзбекстан Республикасы пуқарасы болмаған шахслар да сертификат пенен сыйлықланыўы мүмкин.
ТАҢЛАЎ ӨТКИЗИЎ ТӘРТИБИ
- Арнаўлы номинация шеңберинде сертификатлар менен сыйлықлаў ушын мүнәсип талабанлар Қарақалпақстан Республикасы аймағында әмелге асырылып атырған инновациялық, илимий, халықаралық ҳәм стартап жойбарлар арасынан өткен дәўир аралығында ерисилген нәтийжелери ҳәмде қолға киргизген табысларынан келип шығып таңлап алынады.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 29-июлдағы "Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 2021-жыл 18-майдағы "Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында"ғы арнаўлы резолюциясын әмелге асырыў иләжлары ҳаққында"ғы ПҚ-5202-санлы қарары менен тастыйықланған "Жол картасы" белгиленген жойбарлар атқарыўшылары да усы таңлаўға қатнасыўшы сыпатында киргизилиўи мүмкин.
- Номинация ушын арзалар 2022 жыл 30 сентябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайының info@iic-aralsea.uz электрон почтасы арқалы ямаса Орайдың Нөкис районы аймағында жайласқан административлик имәратында туўрыдан-туўры қабыл етиледи.
- Сертификатлар ийелерин таңлаў бойынша Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги менен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайының 2021-жыл 12-ноябрдаги қоспа қарары тийкарында дүзилген Комиссия Арнаўлы номинация шеңберинде усынылған арзаларды көрип шығады.
- Сертификатлар ийелерин таңлаў бойынша Комиссия тәрепинен көрип шығылған арзалардан Сертификатлар менен сыйлықлаў ушын мүнәсип талабанлар комиссия ағзалары тәрепинен даўыс бериў жолы менен таңлап алынады.
- Сертификатларға мүнәсип деп табылған жеңимпазлар Сертификатлар ийелерин таңлаў бойынша Комиссия қурамының баяннамасы менен Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигине усынылады.
- Сертификатлар ийелерин таңлаў бойынша Комиссия қурамының баяннамасына тийкарланып мүнәсип деп табылған жеңимпазларға Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министри ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы басшысы тәрепинен ҳәр жылы болып өтетуғын Инновациялық идеялар ҳәптелиги – "InnoWeek.Uz" шеңберинде салтанатлы рәўиште Сертификатлар тапсырылады.